Bul betti tez óshiriw usınıs etiledi.
Sebebi: Karakalpakcha emas.
Eger bul maqalanı óshiriw kerek emes dep oylasańız, óz pikirińizdi talqılaw bóliminde jazıp qaldırıń.
Administratorlarǵa: bul betke siltewler, bettiń tariyxı (aqırǵı ózgerisleri), betti óshiriw.
Maqala avtorına: Maqalańız óshiriliw qarsańında bolsa ne islew kerek?

Қыят~бул қәдим заманғы түрки қәўимлеринен. Оғызлардың қурамында болған, 8-10-әсирлерде Дәшти Қыпшақта жасап, шарўашылық пенен шуғылланған. Оғызлар мәмлекети қулағаннан кейин (11-әсир) Қыят қәўимлери де бөлинип кеткен. Олардың үлкен бир бөлеги Түркистан территориясына өтип, жергиликли халықларға, басқа бир бөлеги болса, Балқан ярым атаўындағы еллердиң қурамына қосылып кеткен>>..{"ЎСЭ", Таш, 14-т, 1980-ж, 62-бет}.

Бизиң пикиримизше, Қыятлардың келип шығыўы бойынша соңғы екинши пикир шынлыққа уқсас келеди. Өйткени, араб илимпазы Ибн Фадлан 922-жылы Гөне Үргеништен Едилге шекемги аралықтан өткен гезде, жол-жөнекей әййемги қарақалпақ жерлеринде жасап атырған Қыят, Қатаған тайпаларын көргенин баянлайды. Олардың тили түрки, дини мусылман болғанлығы белгили. Ал, Шыңғыз хан Орайлық Азияны жаўлап алғанға шекем маңғуллар (муғыллар-Қ.Б) латманатқа табынатуғын бутпарас халық болып, олардың көпшилик бөлеги соңынан ислам динин қабыл етеди ҳәм жергиликли түрки еллери менен қыз алысып, қыз берисип, қаны қарысып, ети енисип кетеди. Сол себепли гейпара шежирелерде Шыңғыз ханның шығысын бирде "маңғул" (дурысы "муғыл"-Қ.Б) делинсе, екинши биреўлеринде "түрки", үшиншилеринде "әреп"(?) деп жазылып жүр.

Өткен әсирде Бухар аймағынан материаллар жыйнаған фольклорлық-этнографиялық экспедиция ағзалары <<Шыңғыз--қарақалпақтың улы, ол Қыяттың Бөрижеген аталығынан шыққан>>--деген мағлыўматларды жазып алған.

Жазыўшы Жубатқан Муратбаевтың <<Шерим китаптағы сыр>> мақаласында: <<Шыңғыз ханның әкеси әреп (араб) Ибн Мәлик баҳадыр, шешеси қарақалпақ қызы Гүлсара сулыў. Тәрбиялап өсирген өгей әкеси де қарақалпақ, Қоңырат арысы Көктиңулы қәўиминен Меңлеке бий>>--деп жазған еди {<<Еркин Қарақалпақстан>>,1991-ж, 11-ноябрь, 196-саны, (15865)}.

Хийўа тарийхшысы Әбилғазы Баҳадыр ханның <<Шежирейи Түрки>> китабында Шыңғыз ханның әкеси жөнинде пүткиллей басқаша мағлыўматты оқыймыз--<<Есукейдиң бес улы бар еди. Әўелгиси Шыңғыз хан. Атасының қойған аты Темучин (Темирши) ерди. Хан көтергенде Шыңғыз қойдылар.

Есукейдиң бес улы, бәлки нәсилиниң көбиреги ақ сары сынлы, көзлери  ашҳал (ала) болды. Муғыл ашҳалды бөржигин дер. Аның ушын Есукей  баҳадырдың  нәсилин Бөржигин Қыят дедилер>>. Әбилғазының бул китабы қарақалпақлар арасына  өз дәўиринде-ақ таралған. Усының менен бирге,  Ғайыпназар  Хожаназар улы деген киси 1694-жылы татар, муғыл, түриктиң  қарияларының  мағлыўматларына тийкарланып, шежире жазды. {ӨзРИА ҚҚБ китапханасы, қолжазба р--143, 37-сан, 438, 1-8, 43, 44 97-99б}. Булардан басқа да бирнеше шежирелер болып, олар қарасөз бенен жазылған.

Оларда Шыңғыз ханның аты <<Кунес>> делинсе, анасының исми <<Арыўжан>> деп бериледи.Усындай исенимли дәреклер негизинде Бердақ та өзиниң <<Шежире>> шығармасын дөреткени мәлим

Бул шығармасында шайыр Әбилғазы сыяқлы қарақалпақлардың келип шығыў негизлерин пайғамберлерден баслайды. Муҳаммед пайғамбер, оның сәҳебеси Разыҳақ {Қарақалпақ}, Разыҳақтан {Қарақалпақтан} Өзбек, Өзбектен Жийен, Жийенниң бәйбишесинен Майқы бий туўылады. Майқы бийдиң Сәрназ ҳәм Арыўхан атлы еки ҳаялы болады:

Бир зайыптан екки ул болған, Мүйтен билен Қыят туўған, Туўған анасы Арыўхан, Қыятқа уран болған екен. (Бердақ, Таңламалы шығармалары, Нөкис, 1997-ж, 275-276-б).

Солай етип, Қыятлардың атасы Майқы бий, анасы Арыўхан ҳәм бул тайпа қарақалпақтың Қоңырат арысына киреди. Қоңырат арысының улыўма ураны <<Жайылқан>> болса, Қыятлардың тайпалық ураны--<<Арыўхан>>. Усының менен қатар Бердақ шайырдың <<Шежире>> шығармасында ертеклик қәсийетке ийе ўақыялар да ушырасады. Мәселен, мусылман журтларының биреўин Алтын хан деген уллы патша басқарып, оның Алмалы Көрикли деген жалғыз қызы болады. Әкеси оғада саўлатлы сарай салдырып, қасына қырық хызметкер береди:

Ол қыз он бес жасқа кирди, Сол сарайда өмир сүрди, Күнге ҳәўес болған екен, Қулласы, бул қыз қуяш нурынан ҳәмилели болады. Соннан соң Алтын хан нәҳән сандық соқтырып, сыртын алтын менен аплатады ҳәм ишине Алмалы Көриклини отырғызып, дәрьяға ығызады. Оны дүзде кийик аўлап жүрген Томаўыл, Шобан деген еки мерген көреди. Олар суўда ығып киятырған сандықты көрип мәлелеседи:

Туўры атпа қыя ат деди, Соннан қыят болған екен. Томаўыл сандықтың бир мүйешине атып, оны дәрьяның жағасына шығарады. Келисилген шәр бойынша Шобан сандықтың өзин, Томаўыл ишиндени Алмалы Көриклини алады. Ол қыз айы, күни толғаннан соң бир ул туўады ҳәм балаға Шыңғыз деп ат қойылады.

Алмалы Көрикли Томаўылға тийгеннен кейин тағы Бөденетай, Бөргелтай деген еки ул туўады. Бирақ, олар менен келисе алмаған Шыңғыз басқа журтларға кетиап қалады. Оны Майқы бий қырық жигити менен излеп таўып әкеледи ҳәм өз елатына хан етип сайлайды:

Хан келди, журты тоқ болды, Уры-қарақшы жоқ болды, Зорлығы жоқ, теңлик болды, Журты абат болған екен, Шыңғыз ҳаслы кимнен болған, Атасы жоқ күннен болған, Жети султан ҳәм ярым хан, Шыңғыз ханның әўлады екен.

Бул арада жәҳәнгер патша Шыңғыз ханның атасының ким екени белгисиз болып қалады ҳәм Бердақ шайырдың <<Шежире>> шығармасының бул бөлими Әбилғазының <<Шежирейи түрки>>  шығармасы менен уқсаслыққа ийе. Мысаллар келтиремиз:

<<Қаян нәсилинен ўе Курлас {Қуралас--Қоралас Маңғыт} урығынан Аланқуўа атлы  зайыпа жубайсыз үшем (бирден туўылған сыңарлас үш перзент) ер бала туўды. Ол үш уғылдың нәсили әжайып күй болды... Аланқуўа бирнеше күн жатып тынықты, сәҳәр ўақтында оянды. Түңликтен бир жарық әсте келип кирди...ол киси әсте-ақырын жанына келди. Жуп болды. Және түңликтен шығып кетти... Бес-алты күн өткеннен соң және келди. Ҳәр кеше күнде бир келмекти қоймады. Ол келген ақшамында Аланқуўа ҳәмиледар болды>>.

Бердақтың <<Шежире>> шығармасындағы ертеклик мотивлер қарақалпақ илимпазлары тәрепинен мәлим дәрежеде изертленди.          Этнограф Х. Есбергенов X әсирде бизиң жеримизге келген әреп саяхатшысы Ибн Фадланның ашқан фактлерине тийкарланған ҳалда қарақалпақтың <<Қыят>> ҳәм <<Қатаған>> этнонимлериниң әййемги дәўирлерден баслап ушырасатуғынлығын, сол себептен де Шыңғыз хан ҳаққындағы шежиреде гезлесетуғын мағлыўматларға сүйенип, бул этнослардың муғыллардан келип шықпағанлығын дәлиллеген болса {Есбергенов Х, Хошниязов Ж. "Этнографические мотивы в каракалпакском фольклоре", Таш, <<Фан>>,1988 г, стр. 31}, әдебиятшы М.К.Нурмухаммедов <<Ғайры тәбийий күштен ҳәмилели болыў ҳәм Шыңғыз ханның туўылыўы (күн нурынан, жақтылықтан ҳәм т.б.) Орта Азия халықларының аңызларында оғада кең таралған мотив (мәселен, Бердақтың <<Шежире>> шығармасын қараңыз).

Бизиң ойымызша күн нурынан, жақтылықтан ҳәмилели болыў ҳаққындағы аңызлар Орта Азия халықларының мусылманшылыққа шекемги дәўирдеги руўхлардан (перилерден) дөреўи ҳаққындағы түсиниклери менен де ушласады...Бул аңызлар түрки-муғыл халықларында Шыңғыз хан туўылмастан бурын пайда болды, кейнинен оның хошаметгөйлери өткендеги әпсананы өзлериниң  сыйыныўшысының атынабайланыстырып жиберген, деп шамалаўға мүмкиншилик береди,--деген жуўмаққа келген еди. {М.Нурмухаммедов, А.С.Пушкинниң ертеклери ҳәм Орта Азия халықларының фольклоры, Нөкис, 1987 ж, 22, 36 б}.

Солай екен, әсирлер даўамында жойтылмай келген аңыз-әпсаналар менен классик шайырларымыздың шығармалпры Қыят тайпасы ҳәм Есугейдиң улы Шыңғыз хан ҳаққында усындай мағлыўматларды алға тартады.

ҚЫРЫҚБАЙ БАЙНИЯЗОВ, Филология илимлериниң докторы, Беруний атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты.