Kategoriya:Sport: Ózgerisler arasındaǵı ayırmashılıq

Content deleted Content added
Teg: Qaytarıldı Mobile edit Mobile app edit Android app edit
no useful content for category namespace
Teg: Replaced Biykarlaw
 
Qatar No 1:
{{Commons cat|Sports}}
ЛАНДШАФТЛАРДЫҢ КЛАССИФИКАЦИЯСЫ
 
1. Илимде классификация түсиниги
2. Ландшафтлар классификациясы ҳаққында түсиник
3. Ландшафтлар классификациясы менен шуғылланған алымлар ҳәм олардың арасындағы өзгешеликлер.
4. Ландшафтлар классификациясының тийкарғы бирликлери.
 
Ҳәр бир илимде классификациялаў, тәртиплестириў, түрлерин ажыратыў, таксономия сыяқлы бир-бирине жақын түсиниклер бар. Булардан классификациялаў ҳәм тәртиплестириў түсиниклери бир-бирине бираз жақын болып, ҳәр қыйлы қубылыс ҳәм ҳәдийселерди белгили бир тәртип пенен ҳәр бириниң басқышпа-басқыш орнын яки көлемин сақлаған ҳалда топарларға бирлестириў ямаса ажыратыў деген мәнисти аңлатады. Бизге ботаника пәниндеги өсимликлер, зоологиядағы ҳайўанлар классификациясы жақсы таныс. Усыған уқсас классификациялар басқа пәнлерде де бар.
Ҳәр бир пән өзиниң раўажланыў басқышында изертлеў объектин белгили бир тәрипке салыўға яғный классификациялаўға ҳәрекет қылады. Бул процееес тәбийий ҳәр бир пәнде жүз береди. Себеби ҳәр бир пәнниң пән сыпатында танылыўы ушында, оның өз изертлеў объектиниң классификациясы исленип шығылған болыўы тийис. Белгили француз математиги А. Пуанкаре (1906) «Пән - бул ең дәслеп классификациялаў», деген еди. Өз пәнинде классификациялаў дәрежесине барып жетпеген илимий излениўлер еле «шегине жетпеген» деп есапланыўы мүмкин.
Изертлеў объектин классификациялаўдың илимий және әмелий әҳмийети үлкен. Оның илимий әҳмийети соннан ибарат болып, объект классификацияланып атырғанда, оның келип шығыўы, дүзилиси, раўажланыўы сыяқлы барлық қәсийетлери үйренилиўи ҳәм ол ҳаққындағы барлық мағлыўматлар толық дәлиллениўи керек болады.
Жер жүзесиндеги бар болған ландшафтлар ҳәдден тыс көп болғанлығы себепли, олардың ҳәр бирин бөлек-бөлек түрде тәрийплеп шығыўдың мүмкиншилиги жоқ яки болмаса жүдә қыйын мәселе. Сонлықтан, ландшафтларды белгили мақсетлерде (мәселен, аўыл хожалығы, елатлы пунктлер қурылысы ҳ.т.б.) группалап тәрийиплеўге ҳәм соған тән ҳалда бир түрдеги уқсаслықларды бириктириўге туўра келеди. Бул ландшафтларды классификациялаўдың әмелий әҳмийетке ийе екенлигин көрсетеди. Пәнниң изертлеў объекти қаншелли ҳәр тәреплемели, ҳәр түрли ҳәм қурамалы болса, оны классификация қылыўда соншелли қурамалы болады. Ҳәр қандай классификацияны әмелге асырыў ушын изертлеў объекти ҳаққында толық ҳәм анық мағлыўматларға ийе болыўымыз тийис болады. Объекти түрлише таллаў ҳәм түсиниў түрлише классификация түрине себеп болады.
Ландшафттаныў пәниде басқа тәбийий пәнлер сыяқлы жүдә көп ҳәм ҳәр түрли, бирақ өзине тән қәсийетлерге ийе болған анық объектлер - ландшафтларды классификация кылады. Ландшафттаныў ушын пухта исленген, илимий ҳәм логикалық талапларға толық жуўап беретуғын классификациялаў таблицасын дүзип алыў жүдә үлкен әҳмийетке ийе. Жер бетинде көплеп ушырайтуғын ҳәр түрли ландшафтларды бир-бирине уқсас ямаса бир-биринен парықланатуғын тәреплерин анықлап, ҳәр қайсысын өз тутқан орнына сай түрде белгили бир тәртипке түсирип алынбаса, оларды дурыс анықлаў, ҳәтте ландшафт картасын дүзиўде мүмкин болмай қалады.
Кейинги 20-25 жыл ишинде географлар тәрепинен исленип атырған жумыслар ушын, сондай-ақ, халық хожалығын раўажландырыў, халықтың жасаўы ҳәм ден-саўлығы көз-қарасынан ландшафтларды баҳалаў, географиялық болжаў ҳәм тәбиятты таза сақлаў көз-қарасынан исленип атырған жумыслар ушын үлкен аймақлар, тәбийий-географиялық үлкелер аймағындағы барлық ландшафтлар ҳаққында мағлыўматлар ямаса басқаша айтқанда ландшафтлар кадастрына ийе болыў жүдә әҳмийетли. Мәмлекетимиздиң ҳәм оның регионларының ландшафтларының анық ҳәм пухта классификация таблицасын ислеп шығыў ландшафттаныўдың ең әҳмийетли мәселелеринен бири.
Ландшафтларды классификациялаў жумыслары менен көплеген географ алымлар шуғылланған. Олардан Н.А. Гвоздецкий (1961), А.Г. Исаченко (1961, 1975), В.А. Николаевлардың (1973, 1979) тәжирийбелери үлкен итибарға ылайық. Бул алымлар усынған классификациялар ишинде В.А. Николаевтың ислеген классификациясы өзиниң қолайлығы менен ажыралып турады.
Ландшафтлар классификациясын ислеўде ҳәр қыйлы принциплерге сүйениў лазым. Олардан ең баслылары - тарийхый-эволюциялық, генетикалық, морфологиялық ҳәм басқада принциплерди көрсетиў мүмкин. Бир ўақыттың өзинде усы принциплердиң бир нешесине тийкарланыў мақул болады. Олардан тек биреўине тийкарланып дүзилген классификация барлық ўақытта ҳәм пухта бола бермейди. Соның менен бирге ландшафтлардың өзин белгили бир принципке тийкарланбай, бирме-бирлеп санап өтиўдиң өзи де илимий классификациядан узақ нәрсе болып есапланады.
Ҳәзирге дейин қолланылып киятырған принциплердиң ең тийкарғыларынан бири тарийхый-эволюциялық принцип болып есапланады. Бул жерде ландшафтты инвариант түсиниги көз-қарасынан қараўға туўра келеди. Усы принципке әмел қылынғанда бир классификация кестесинниң өзинде географиялық системалардағы жүдә көп ҳәм ҳәр түрли материаллық дүньяны қамтып алыўы мүмкин болады. Қолымызда белгили муғдарда палеогеографиялық мағлыўматлар бар болғанда бул принциптен пайдаланыў жүдә жақсы нәтийже бериўи мүмкин, яғный ландшафтлардың қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўындағы ишки ҳәм сыртқы байланыслылықты классификация кестесинде сәўлелендириўге мүмкиншилик болады.
Ландшафтлардың классификациясында тарийхый қатнас, әлбетте ландшафтлардың келип шығыўын (генезисин) анализ қылыў менен байланыслы. Ландшафтлардың келип шығыўы ҳәм раўажланыў тарийхы олардың ишки структурасының өзине тәнлигин келтирип шығарады.
Сонлықтан, ландшафтларды классификациялаўда пайдаланылатуғын тарийхый-генетикалық принцип олардың ишки дүзилисин анализ етиў менен тиккелей байланыслы болып қалады.
Ландшафтлар классификациясында ландшафтлар ишки дүзилисин анализ қылыў қағыйдасы тийкарында бир пүтинди оның бөлимлери менен ҳәм бөлимлери арасындағы өз-ара тәсир ҳәм қарым-қатнаслықлардың анализи жатады. Биз ландшафтларды көп яруслы геосистемалар деп қабыл қылған едик. Бирақ, соның менен бирге ҳәр бир ландшафт белгили бир компонентлер комплексинен ибарат болып ғана қалмастан, ал өзинен киши болған комплекслерден дүзилгенлигине дыққат аўдарамыз. Солай екен, ландшафтлардың ишки дүзилиси ҳаққында сөз болғанда тек компонентлер арасында ғана емес, ал киши яки әпиўайы комплекслер арасындағы өз-ара байланыслылықлар да түсиниледи. М.А. Глазовская (1961) тәрепинен усынылған геохимиялық ландшафтлар классификациясы усы принцип тийкарында дүзилген.
Ландшафтлар ашық геосистемалар болғанлығы ушын олар өзиниң әтирапындағы ландшафтлар менен зат ҳәм энергия алмасыўы көринисинде қарым-қатнаста болып турады. Егер классификация дүзиўде ландшафтларды өз ишки дүзилисине ийе белгили бир система деген қағыйдаға әмел қылатуғын болсақ, онда ландшафтлардың ишки байланыслылығынан тысқары олардың қоршаған әтирапы менен ҳәм қоңсы ландшафтлар менен байланысларын есапқа алыўымыз керек болады.
Көпшилик ўақытлары ландшафтлардың дүзилисиниң анализи тийкарында классификацияның киши таксономиялық бирликлерин анықлап алыў мүмкин болады. Үлкен таксономиялық бирликлерди анықлаўда болса көбирек ландшафтлардың өз-ара қарым-қатнаслары ҳәм байланыслары өзгешеликлерине тийкарланыўға туўра келеди.
Ландшафтлар классификациясының тийкарғы бирликлери. Ландшафтлар классифкациясында да басқа тәбийий пәнлеридегидей класс, түр, туўыс, тип сыяқлы түсиниклер қолланылады. Енди усындай түсиниклерди түсиндирип бериўден алдын бир неше белгили географ алымлар ислеп шыққан классификацияларға тоқталып өтейик. Ең дәслепки бундай жумыслардан бири Н.А. Гвоздецкийге (1961) тийисли. Ол усынған ландшафтлар классификациясы: класс – туўыс - киши туўыс – группа - түр көринисинде болып, айтарлықтай қолайлы бири болып есапланады.
А.Г. Исаченко (1961) усынған ландшафтлар классификациясы болса төмендегише: туўыс - киши туўыс – класс - киши класс –түр - киши түр - вариант көринисине ийе.
Бул еки классификация бир-биринен бирқанша парық қылады. Мәселен, Н.А. Гвоздецкий классты қабыл қылғанда ең дәслеп таўлардың ҳәм тегисликлердиң ландшафтларын еки классқа бөлиўи усынса, А.Г. Исаченко дәслеп ландшафт туўысларын анықлап алыўды, соң классларға бөлиўди мақуллаған еди. Ландшафт туўысларын анықлап алыўда ең тийкарғы критерия сыпатында ландшафтлардың гидротермикалық режими, яғный ығаллылық ҳәм ыссылық бөлистирилиўиндеги дүнья масштабындағы парықларды алыўды усыныс еткен.
Оның пикиринше ландшафтлардың бир-бирине уқсаслығы ямаса парқы жүдә көп себеплер менен анықланады. Олардың ишиндеги ең тийкарғысын анықлап алыў болса классификация легендасындағы ең үлкен бирликти таңлаўға тийкар болады.
Ландшафттаныўда ҳәзирги дәўирде пайдаланыў ушын ең қолайлы ландшафт классификациясының авторы В.А. Николаев (1979) болып есапланады. Оның усынған классификациясы төмендеги бирликлерди өз ишине алады: бөлим – система - киши система – класс - киши класс – группа – туўыс - киши туўыс – тип - киши тип – түр - вариант. Бул классификация жер бетиндеги барлық ландшафтларды бир тәртипте үйрениў ушын илимий тийкар болады.
Енди биз төменде усы В.А. Николаев тәрепинен ислеп шығылған классификация бирликлерине қысқаша тоқталамыз.
Ландшафтлар классификациясында ең ири бирлик ландшафтлар бөлими болып есапланады. Бөлим дәрежесине кириўши ландшафтлар тийкарынан Жердиң географиялық қабығын қурайтуғын ҳәр қыйлы геосфералардың бир-бири менен тутасып турыўы ҳәм өз-ара тәсир төрине қарап анықланады. Бул ҳаққында В.Н. Мильков (1970) «ландшафтлар бөлими ландшафттаныўдың ең үлкен типологиялық бирлиги» « деген пикирди айтқан. Бул бирлик оның айтқанындай литосфера, атмосфера, гидросфералардың өз-ара тәсир қәсийетлерине ҳәм соған байланыслы жағдайда өз-ара зат ҳәм энергия алмасыўы формасы ҳәм тезлиги уқсас болған ландшафтларды бирлестиреди. Ландшафтлар бөлимине мысал ретинде қурғақлық ландшафтлары, суў ландшафтлары, суў асты ландшафтларн көрсетиў мүмкин. Төмендеги мысалларда биз тек қурғақлық ландшафтларына тийисли болқан ландшафтларды көрип шығамыз.
Ландшафтлар бөлими ишинде ең дәслеп ландшафтлар системасын ажыратамыз. Ландшафтлар системасы бирлиги ландшафтларды ең тийкарғы энергетика базасы - ыссылық ҳәм ығаллылық балансындағы парықлар ҳәм уқсаслықларға қарап бирлестириўге мүмкиншилик береди. Бундай уқсаслық ҳәм парықлар орынлардың микро климатлық өзгешеликлери менен белгиленеди. Бул қәсийетлер менен өз гезегинде орынның гидрологиялық режими, ҳүкимран болған өсимлик ҳәм биологиялық зат айланысы түри сыяқлылар тығыз байланыслы. Бул жерде сөз көбирек климат пояслары ҳаққында, яғный бир климат поясында раўажланған ландшафтлардың барлығы таў ландшафты, яки тегислик ландшафты болыўына қарамастан бир бөлимге тийисли болып есапланады.
Ландшафтлар классификациясындағы гезектеги бирлик - ландшафт классы. Бул бирлик жоқарыдағы барлық классификацияларда да бар. Классларды анықлаўда бир қәсийет, яғный ландшафтлардың морфотектоникалық өзгешелиги тийкар қылып алынған ҳәм еки ландшафт классы ажыратылады: таўлар ландшафтлары классы ҳәм тегислик ландшафтлары классы. Бул еки класс арасындағы тийкарғы парық оларда тәбийий зоналарды тегисликте кеңлик бойынша, ал таўларды бәлентлик послары бойынша еки түр көринисте болыўы.
Таў ҳәм тегислик ландшафтларының да бөлиниўинде және бир гипсометриялық фактор, яғный ландшафтларды басқышлар пайда етип жайласыў өзгешелиги бар екенлигин есапқа алсақ, ол жағдайда ландшафт класслары ишинде киши классларды (подклассларды) ажыратыў мүмкин. Мысалы, тегислик ландшафтлары ойыс, пәс ҳәм бийик тегислик ландшафтлары киши классларына, таў ландшафтлары болса пәс таўлар, орташа бәлентликтеги таўлар, бийик таўлар ландшафтлар киши классына бөлинеди.
Буннан кейинги классификация бирлиги - ландшафтлар группасы. Бул бирликти анықлаўда тийкарғы белги сыпатында ландшафтлардың суў ҳәм геохимиялық тәртиби, яғный ландшафтлардың атмосфера жаўын-шашын, жер асты суўлары ямаса басқа суўлар есабына ығалланыўы тийкар етип алынады. Усы белгилерге тийкарланып тегислик ландшафтлары элювиал (автоморф), элювиал-гидрофорф (ярым автоморф ҳәм ярым гидроморф) ҳәм гидроморф группаларды ажыратыў мүмкин. Ландшафтлар группасын ажыратыўдың әҳмийети жүдә үлкен, себеби өтмиште ҳәм ҳәзирги ўақытта ландшафтлардың ишки дүзилиси ҳәм олардың раўажланыў бағдарының қандай болғанлығы көп тәрептен олардың суў-геохимиялық тәртибиниң үзине тән өзгешеликлери менен байланыслы болады. Сонлықтан, ландшафтлар эволюциясы келешекте қандай болыўын болжаў ушын да ландшафтлар группасын анықлап алыў үлкен әмелий әҳмийетке ийе.
Ландшафтлардың элювиал, гидроморф ҳәм ярым гидроморф болыўы олардың эволюциясының белгили бир ўақыттағы жағдайын көрсетеди. Ығалланыў характери өзгериўи менен ландшафтлар бир жағдайдан екинши жағдайға өтиўи мүмкин, яғный бир группаға тийисли ландашфтлар екинши группаға өтип кетиўи жүз береди. Ландшафтлардың суў-геохимиялық тәртибин үйрениўдиң әҳмийети үлкен, оған ең дәслеп Б.Б. Полынов (1956), А.И. Перельман (1966, 1975), М.А. Глазовская (1964), В.А. Николаев (1973) ҳәм басқалар өз илимий жумысларында айрықша итибар берген.
Ландшафтлар группасы өз гезегинде ландшафтлар туўысына бөлинеди. Бул бирлик дерлик барлық классификацияларда ушырасады. Олар мазмуны жағынан бир-бирине жақын, тек А.Г. Исаченко дүзген классификацияда түр бирлиги өзиниң көлеми ҳәм мазмуны жағынан В.А. Николаев түсинигиндеги ландшафт системаларына туўра келеди.
Ландшафт түрлерин анықлаўда топырақ ҳәм биоклиматлық белгилерге тийкарланылады. Мәселен, топырақ түрлери, өсимлик формациялары, классы ҳ.т.б. Н.А. Гвоздецкий ҳәм В.А. Николаевлардың классификацияларында ландшафт туўысы ҳаққында айтылғанда тийкарынан ландшафтлардың зоналлық түрлери нәзерде тутылады. Мысалы, тундра ландшафтлары бир туўысқа кирсе, дала ландшафтлары басқа туўысқа, шөл ландшафтлары болса үшинши туўысқа киреди.
Тәбиятта объектив бар болған батпақлық ландшафтлары, отлақлы ландшафтлар, шор ландшафтлар сыяқлы басқа группаға кириўши интрозонал ландшафтларды өз алдына туўыс сыпатында ажыратыў керек болады. Бундай болыў мүмкинлиги Н.А. Гвоздецкий (1961), М.А. Глазовская (1964), Ф.И. Мильков (1987)лар тәрепинен де айтылған еди. Туўыслар киши туўысларға бөлинип, ол подзоналарға тән белгилерге тийкарланып анықланады. Мысалы, Орта Азия тегисликлериндеги шөл ландшафтлары еки киши туўысқа, яғный арқа ҳәм түслик шөл ландшафтларына бөлинеди.
Буннан кейинги классификациялық бирлик ландшафт типлери болып есапланды. Қайсы ландашфт қандай типке тийисли екенлигин анықлаўда айырым ландшафттаныўшылар (Н.А. Гвоздецкий, В.А. Николаев) геоморфологиялық белгилерге тийкарланса, айырымлары болса (Юреньков, 1982) ландшафт туўысы ишиндеги провинциаллық өзгешеликлерге көбирек итибар береди. Геоморфологиялық фактор тийкар қылып алынған жағдайда болса итибарды көбирек рельефтиң генетикалық туўысларын үйрениўге қаратыў керек болады.
Ландшафт типлери ишинде киши типлер бирлиги ажыратыўға туўра келип қалған жағдайда тийкарғы белги сыпатында ландшафтты қураўшы жыныслардың литологиялық дүзилиси есапқа алынады.
Ең киши классификация бирлиги ландшафт түри болып есапланады. Олар генезиси ҳәи ишки дүзилиси бирдей болған индивидуал ландшафтлардың комплексин көрсетиўши бирликлер. Ландшафт түрлериниң бир-биринен парық қылыўшы тийкарғы белгиси ландшафттағы баслы урочищелердиң уқсаслығы болып табылады. А.Г. Исаченко (1991) ландшафт түрлерин анықлаўда ландшафтлардың морфологиялық дүзилиси ең тийкарғы белги екенлигин айтқан.
Бир түрге киретуғын ландшафтларды барлық тәрепинен уқсас деп айтыўға болмайды. Көпшилик ўақытта бир түрге тийисли ландашфтларды доминант урочищелер улыўмалығы болған жағдайда да доминант болмаған урочищелер ҳәм фациялар қурамы ямаса ийелеген майданы жағынан ҳәр түрли болыўы мүмкин. Бундай жағдайларда ландшафт түрлери ишинде ландшафтлардың киши түри ямаса морфологиялық көринисти ажыратыўға туўра келеди.
 
[[Kategoriya:Maqalalar]]